Бул мақалада Америка Қурама Штатларында суд системасы ҳәм судья кадрларын таңлаў ҳәм лаўазымға тайынлаў процесслери кеңнен сәўлелендирилген. Бәринен бурын, АҚШтағы федерал ҳәм штат судлары системасы, олардың структуралық бөлимлери, ўәкилликлери ҳәм басқарыў тәртиплери талланған. Федерал дәрежедеги суд системасының орайында АҚШ Жоқары суды турыўы, апелляция ҳәм округ судлары, сондай-ақ, арнаўлы судлардың орны ҳаққында сөз етиледи. Сондай-ақ, штатлардың өз коньституцияларына тийкарланған суд системалары, еки басқышлы ҳәм үш басқышлы суд системалары, олардың өзине тән тәреплери ҳәм айырмашылықлары көрсетип өтилген. Мақалада, әсиресе, судья лаўазымына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаўдың төрт түрли тийкарғы модельи - губернатор ҳәм нызам шығарыўшы уйым арқалы тайынлаў, арнаўлы комиссия арқалы таңлаў, сайлаў арқалы судьяларды таңлаў ҳәм нызам шығарыўшы уйым даўысы арқалы сайлаў - кеңнен сәўлелендирилген. Бул процесслердиң ҳуқықый тийкарлары ҳәм әмелий әҳмиети ашып берилген.